Telegram Group Search
Media is too big
VIEW IN TELEGRAM
Усы жылдың 27-май күнинен баслап Нөкис қаласындағы бир қатар жөнелисли транспортлардың соңғы бәндиргиси Нөкис қалалық саўда комплексине (Катекс базарға) өзгертирилди.


Каналға ағза болың 👇🏻👇🏻👇🏻
https://www.tg-me.com/Қарақалпақстан ҳаўазы/com.Qaraqalpaqstan_xawazi
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
"Қарақалпақстан ҳаўазы" телеграм каналы бәрше кәрхана ҳәм шөлкемлердиң искерлигин каналға тийисли социаллық тармақларда жаратып барыў бойынша шәртнама тийкарында бирге ислесиўге шақырады.

Сондай-ақ, бизнес ийелери ҳәм исбилерменлер ушын қолайлы шәртлерде реклама хызметлерин усынады.

Қосымша мағлыўматқа ийе болыў ушын
@Qrhawazi_admin мәнзилине мүрәжәт етсеңиз болады.

Каналға ағза болың 👇🏻👇🏻👇🏻
https://www.tg-me.com/Қарақалпақстан ҳаўазы/com.Qaraqalpaqstan_xawazi
Нөкис қаласы Ҳәкимлиги менен Кәмбағаллықты қысқартыў ҳәм бәнтликке көмеклесиў бөлими тәрепиннен 2024-жыл 31-май куни саат 15-00 де Нөкис қаласы Жаслар орайы имаратында "жумыссыз пуқаралардың өз қәнийгелиги бойынша жумысқа орналасыўын тәмийнлеў" мақсетинде гезектеги мийнет ярмаркасы шөлкемлестирилмекте.

Каналға ағза болың 👇🏻👇🏻👇🏻
https://www.tg-me.com/Қарақалпақстан ҳаўазы/com.Qaraqalpaqstan_xawazi
Дыққат қыдырыў!

Елликқала районы Гүлдирсин АПЖ ға турмысқа шыққан 20.10.2001 жылда туўылған Рахимбердиева Сахиба Рустам қызы 2024 жылы 24 май күни саат азанғы 08:30 ларда келин үйинен белгисиз тәрепке шығып кетип бийдәрек жойтылған. Усы пуқараны көргенлер Елликқала районы Ишки ислер бөлиминиӊ +99 (861) 585-13-02 ямаса +99 (893) 201-00-01 номерлерине хабар бериўиӊизди сораймыз!!! Усы пуқараны табыўда жақыннан жәрдем бергенлер сыйлықланады!
---------
DIQQAT QIDIRUV!

Ellikqalʼa tumani Guldursin OFYga turmushga chiqqan 20.10.2001 yilda tug‘ilgan Raximberdiyeva Saxiba Rustam qizi 2024 yil 24 may kuni soat ertalab 08:30larda kelin uyidan nomaʼlum tomonga chiqib ketib bedarak yo‘qolgan. Ushbu fuqaroni ko‘rganlar darhol Ellikqalʼa tumani Ichki ishlar bo‘limi +99 (861) 585-13-02 yoki +99 (893) 201-00-01 raqamiga xabar berishingizni so‘raymiz!!! Topishda yordam berganlar mukofotlanadi!

✉️Telegram 🌐Website 📱Instagram 📱Facebook
Турақ жай қурыў, реконструкция етиў ҳәм оңлаў ушын жеңиллетилген 120 млн сумлық ипотека кредити қандай тәртипте ҳәм кимлерге бериледи?

Президенттиң 30.04.2024-жылдағы ПП-70-санлы Пәрманына бола, 2024-жыл 1-июннан баслап «Мәкан жетилиги» усынысы тийкарында айырым үй-жай шараятын жақсылаўға мүтәж болған пуқараларға турақ жай қурыў, реконструкция етиў ҳәм оңлаў ушын 120 млн сумға шекем мәмлекет есабынан ипотека кредитлерин ажыратыў жолға қойылыўы белгиленген.

❗️Бирақ, @yurist_jardemi топарында көпшилик пуқаралардан келип атырған шағымларға қарағанда бүгинги күнде көпшилик «мәкан жетилиги» ағзалары бул кредиттиң ажыратылыўы бойынша ҳеш қандай түсиникке ийе емеслиги белгили болды.

📑 Буның себеби Пәрманда бул кредитти ажыратыўдың анық тәртиби көрсетилмегенлиги болып есапланады.

🗂 Пәрман менен тастыйықланған «Жол карта»ның 6-бәнтинде Өзбекстан Республикасы Кәмбағаллықты қысқартыў ҳәм бәнтлик министрлигине 2024-жыл июнь айында усы ипотека кредитин ажыратыўдың тәртибин нәзерде тутыўшы Министрлер Кабинетиниң қарары жойбарын Ҳүкиметке киргизиў ўазыйпасы тапсырылған.

☝️Демек, 120 млн сумға шекемги жеңиллетилген ипотека кредитин алыў тәртиби Ҳүкиметтиң қарары қабыл етилгеннен кейин анық болады.

⚠️ Бул қарар қабыл етилгенде каналымызда толық мағлыўмат бериледи.

🔔 Постты жақынларыңызға тарқатың.

(#)

Каналға ағза болың 👇🏻👇🏻👇🏻
https://www.tg-me.com/Қарақалпақстан ҳаўазы/com.Qaraqalpaqstan_xawazi
Қарақалпақстанлы оқыўшылар "Жас қутқарыўшы" әскерий-спорт жарысында жеңимпаз болды

Усы жылы 27-30- май күнлери Әндижан ўәлаятында "Жас қутқарыўшы" Республикалық әскерий-спорт жарысының финал басқышы өткерилген еди.

Жарыста жәми 80 мың қатнасыўшылар арасында өз аймақларында жеңимпаз болған Қарақалпақстан Республикасы, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласынан 14 улыўма орта билим бериў мектеплери қатнасты.

Қызғын беллесиўлер нәтийжеси бойынша Нөкис қаласы 31-санлы улыўма орта билим бериў мектеби сыйлы 1-орынды ийеледи.

Каналға ағза болың 👇🏻👇🏻👇🏻
https://www.tg-me.com/Қарақалпақстан ҳаўазы/com.Qaraqalpaqstan_xawazi
Усы жылғы Президент Шавкат Мирзиёевтың исбилерменлер менен ашық сәўбети Қарақалпақстанда өткериледи.

Каналға ағза болың 👇🏻👇🏻👇🏻
https://www.tg-me.com/Қарақалпақстан ҳаўазы/com.Qaraqalpaqstan_xawazi
Жоқарғы Кеңес Баслығы Нөкис қаласындағы 48-санлы мәмлекетлик мектепке шекемги билимлендириў шөлкеминдеги балаларды байрам мүнәсибети менен қутлықлады

«1-июнь – Халықаралық балаларды қорғаў күни» байрамы республикамыз бойынша орынларда кең түрде белгиленбекте.

Бүгин Нөкис қаласындағы 48-санлы мәмлекетлик мектепке шекемги билимлендириў шөлкеминде сәне мүнәсибети менен байрам илажы болып өтти. 

Онда Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаев қатнасып, бул жерде тәрбияланып атырған балаларды байрам мүнәсибети менен қутлықлады.

Каналға ағза болың 👇🏻👇🏻👇🏻
https://www.tg-me.com/Қарақалпақстан ҳаўазы/com.Qaraqalpaqstan_xawazi
This media is not supported in your browser
VIEW IN TELEGRAM
Ҳәмме ўақытта бир-биреўге жәрдем етиў керек — Алланияз Өтениязов

Алланияз Өтениязов 1936-жылы 1-июнь күни Кегейли районы аймағында дийқан шаңарағында дүньяға келген.

Өмири даўамында 40 турақ жай, 2 мектеп, 30 орынлық 2 балалар бақшасы, 2 медициналық хызмет орны, 1 китапхана имаратын өз мийнети арқасында қурып питкерип, халыққа саўға еткен. 2000-жылы 15 гектарлық майданға бағ егеди.

«Ҳәмме ўақытта бир-биреўге жәрдем етиў керек, қол ушын бериў керек, қайыр-сақаўатлы, инсаный болыў керек, деген тәрбияда тәрбияландым.

Оны ислеўимиз ушын ең биринши нәпсимизди тыйыўымыз керек. Соның ушын мен көп жыллардан берли — 1956-жылдан берли ҳәр жылғы 56 күнлик отпуск ўақтында дем алмай, жәрдемге мүтәж шаңарақларға жай салып берип атырман», — дейди ол Қарақалпақстан телеканалына берген интервьюсында.

👉 @KRuzuz — Қарақалпақстандағы ең исенимли хабарлар
This media is not supported in your browser
VIEW IN TELEGRAM
Тарийхый рейс әмелге асырылды

Президентимиз Шавкат Мирзиёевтың тиккелей басламасы менен 1-июнь күни Нөкис-Алмата жөнелисинде биринши рейс әмелге асырылды.

Рейслер ҳәптениң сәршемби ҳәм шемби күнлери төмендеги график бойынша әмелге асырылады:

✈️Нөкистен ушып кетиў саат 10:05;

✈️Алматаға жетип келиў саат 12:15;

✈️Алматадан ушып кетиў саат 13:15;

✈️Нөкиске жетип келиў саат 15:45;

Бир тәрепке авиабилет бахасы —1 064 000 сўмнан, Нөкис–Алмата–Нөкис жөнелиси бойынша болса 1 849 000 сўмнан басланады.

Каналға ағза болың 👇🏻👇🏻👇🏻
https://www.tg-me.com/Қарақалпақстан ҳаўазы/com.Qaraqalpaqstan_xawazi
⚡️50% шегирме

"Қарақалпақстан ҳаўазы" телеграм каналы бәрше кәрхана ҳәм шөлкемлердиң искерлигин каналға тийисли социаллық тармақларда жаратып барыў бойынша шәртнама тийкарында бирге ислесиўге шақырады.

Сондай-ақ, бизнес ийелери ҳәм исбилерменлер ушын қолайлы шәртлерде реклама хызметлерин усынады.

Июнь айы соңына шекем каналымызда рекламаларыңызды 50% шегирме менен жайластырсаңыз болады.

Қосымша мағлыўматқа ийе болыў ушын
@Qrhawazi_admin мәнзилине мүрәжәт етсеңиз болады.
2024/06/02 17:09:02
Back to Top
HTML Embed Code: